International scientific journal
“Interpretation and researches”
Volume 1 issue 11 (57) | ISSN: 2181-4163 | Impact Factor: 8.2
108
КИТАПХАНАТАНЫӮШЫЛЫҚ ᶍӘМ ЖӘМИЙЕТЛИК ПӘНЛЕРДИҢ
БАЙЛАНЫСЫ
Тазахан Қалжанова
ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы оқытыӯшысы
Резюме:
Мақалада
Китапханатаныӯшылық
пәниниң
улыӯма
характеристикасы ᶍаққында сөз етиледи.
Китапханатаныӯшылық пәниниң
жәмийетлик
пәнлер
менен
байланысы,
соның
менен
бирге
китапханатаныӯшылық ᶍәм архив таныӯшылық пәнлериниң ишки байланыслық
характерли ᶍаққында кең сөз етиледи.
Резюме:
В
статье
рассматривается
общая
характеристика
библиотековедения. Рассматривается взаимосвязь библиотековедения с
общественными науками, а также характер внутренних взаимосвязей.
Summary:
The article examines the general characteristics of library science.
The relationship between library science and social sciences is considered, as well as
the nature of internal relationships.
Таянч сўзлар:
кутубхона, ресурс, каталог, электрон кутубхона,
библиография, система, ахборот, автоматлаштириш.
Ключевые слово:
библиотека, ресурс, каталог, электронная библиотека,
библиография, система, информация, автоматизация.
Key words:
Library, resource, catalogue, electronic library, bibliography,
system, information, automation
Бүгинги дәӯирге келип китапханатаныӯшылық илим сыпатында үйрениле
баслады. Илимий билимлер системасындағы, жәмийеттеги әҳмийети айрықша
үйренилип атыр.
Китапханатаныӯшылыıқ статусы дегенде оның илимий билимлер
системасындағы, жәмийеттеги әҳмийети, соның менен бирге пәнлер
системасындағы орны түсиниледи. Пәнлердиң социаллық, тәбийий-илимий ᶍәм
техника пәнлерине ажыралында китапханатаныӯшылық социаллық пәнлер
класына тийисли болып табылады. Ҳәзир бул көз-қарас дүньяға тарқалмақта.
Китапханатаныӯшылық пәниниң улыӯма характеристикасы статусында
әᶍмийетли орында, китапханатаныӯшылық пәниниң объектиниң көп элементли
екенлигине келип шығыӯшы, пәнлер аралық структураға ийе екенлиги болып
табылады. Китапханатаныӯшылық басқа пәнлерден өз алдына ажыралаған
түрде искерлик көрсетпеген ᶍәм искерлик көрсете алмайды.
Китапханатаныӯшылық
пәни
библиография
таныӯшылық,
китаптаныӯшылық, информатика пәнлери менен жүдә жақын байланысқа ийе
International scientific journal
“Interpretation and researches”
Volume 1 issue 11 (57) | ISSN: 2181-4163 | Impact Factor: 8.2
109
болып есапланады. Соның менен бирге китапханатаныӯшылық ᶍәм архив
таныӯшылық пәнлери ушын ишки байланыслық характерли болып табылады.
Усы пәнлердиң келип шығыӯы ᶍәм жақынлығының жоқары дәрежеси оларды
бирлестиреди. Библиография таныӯшылық китапханатаныӯшылық пәнин
илимий теориялық потенциалын сезилерли дәрежеде кеңейтеди. Ол
библиографиялық мәлимлеме илимий түсинигинен пайладанады.
Библиографиясыз китапхана искерлигиниң көплеген жумысларын әмелге
асырып болмайды, мысалы, фондларды комплектлеӯ, мәлимлеме излеӯ
системаларын ислеп шығыӯ, китапхана фондын үйрениӯ, пайдаланыӯшыларға
хызмет көрсетиӯде усыныӯ библографиясынан пайдаланыӯ, жаңа әдебиятлар
ᶍаққында мәлимлеме бериӯ ᶍәм басқалар.
Библиография белгили дәрежеде китапханалар арқалы тарқалады. Соның
менен бирге библиография теориясы библиография таныӯшылық арқалы
раӯажланады. Ол өз гезегинде китапханатаныӯшылық пәни принциплери,
теориясы, усыллары, түсиниклеринен пайдаланған түрде оның илимий
теориялық потенциалына сүйенеди.
Китаптаныӯшылық- китапханатаныӯшылық пенен жақын, бир-бирине
байланысқан илимий пән. Лекин, көплеген китаптаныӯ илимпазлары
китапханатаныӯшылықты, китаптаныӯшылық пәниниң структуралық бөлеги
сыпатында қарайды.
Китапханатаныӯшылық пәни китапты өзин емес, бәлким мәлимлемени
сақлаӯшы элементлерден бири -баспа форма сыпатындағы жағдайы, мазмуны
қызықтырады. Китапханатаныӯлар өз искерлигинде усы пәнниң тийкарғы
түсиниклери: китап, китап жумысы, баспахана, китап тарқатыӯ және
басқалардан пайдаланады.
Китаптаныӯшылар
өз
гезегинде
китап
оқыӯшылары.
Олардың
қызығыӯшылықлары, мәлимлемеге болған талаплары, айырықша баспа
түрлеринен пайдаланыӯ, анық баспалар ᶍәм басқалар ᶍаққындағы теориялық
жуӯмақлар ᶍәм эпремик мағлыӯматлардан пайдаланылады.
Китаптаныӯшылық ᶍәм китапханатаныӯшылық пәнлердиң оғыры
жақынлығы, усы пәнлерди бирден-бир пән деп қараӯ ямаса бири екиншисин
қурамына киреди деп есаплаӯ ᶍеш қандай тийкар жоқ. Генетикалық нәзерден
китапханатаныӯшылық
«мәлимлеме
таныӯшылықтың
негизи»
болып
есапланады.
Китапханатаныӯшылық
ᶍәм
фундаменталь
информатика
ортасындағы мүнәсибетлерге келсек, фундаментал информатика пәни
китапханатаныӯшылыққа салыстырғанда улыӯмаластырыӯшы пән ретинде
нызамлары, принциплери, категориялары, китапханатаныӯшылық пәни
тәрепинен китапхана жумысы ушын характерли болған мәлимлеме
процесслерин характеристикалаӯ ушын әдеӯир пайдаланылады. Солай етип,
International scientific journal
“Interpretation and researches”
Volume 1 issue 11 (57) | ISSN: 2181-4163 | Impact Factor: 8.2
110
китапханатаныӯшылықтың тийисли пәнлер менен өз-ара байланыслығын
салыстырғанда
жоқары
турақлылық
ᶍәм
бир
тегис
раӯажланыӯ
айырықшалығына ийе болып есапланады.
Китапханашылық пәнинде социаллық психологияның теориялары ᶍәм
усылларынан әсиресе сораӯнама интервью ᶍәм соның менен бирге группалы
эксперемент усылларынан актив пайдаланып атыр.
Китапханлар ᶍәм китапханашылық жумысының искерлиги социаллық
анализ етиӯ, китапханлық қызығыӯшылықлары ᶍәм талапларын тәбиятын,
оқыӯды жәмийет системасындағы орнын белгилеӯ және оны инсанның руӯхый
дүньясын қәлиплестириӯдеги ролин белгилеӯ имканиятын береди.
Жуӯмақлап айтқанда библиография белгили дәрежеде китапханалар
арқалы тарқалады. Соның менен бирге библиография теориясы библиография
таныӯшылық арқалы раӯажланады.
Пайдаланылған әдебиятлар:
1.
Ахборот-кутубхона
фаолияти
тўғрисида:
Ўзбекистон
Республикасининг Қонуни: № ЎРҚ - 280. 2011 й. 13 апр. // Халқ сўзи. – 2011. –
14 апр. 2. “Республика аҳолисини ахборот-кутубхона билан таъминлашни
ташкил этиш тўғрисида” Ўзбекистон Республикаси Президентининг № 181
сонли Қарори. 2006 й.20 июнь // Халқ сўзи. – 2006. – 21 июнь. 3.
2.
Каримов У., Каримов Ў. У. Йиғма электрон каталог маълумотлар
базасини шакллантиришга мўлжалланган минимал библиографик ѐзув таркиби.
//Малака ошириш ва қайта тайѐрлаш тизимини ривожлантиришнинг устивор
йўналишлари: муаммолар ва ечимлар. Республика илмий амалий конференция
материаллари. Тошкент.-2015.- 341-344 б.
3.
Каримов У. Ф., Муминов Б., Каримов Ў. У. Корпоратив тармоқда
очиқ электрон ресурслар электрон кутубхонасини яратиш усуллари.
//Infocom.uz: Ўзбекистон ахборот технологиялари, Тошкент.-2015.-№8.- 40
4.
Berdiyeva Z. va boshq. Bibliografiya: (umumiy bibliografiya):
Madaniyat kollejlari uchun o‘quv qo‘llanma / Z. Berdiyeva, X. Mamatraimova, T.
Zokirova, O. Eraxmedova. - T.: “O‘qituvchi” nashriyot-matbaa ijodiy uyi, 2007.- 207
b.
5.
Mamatraimova X. Bibliografiya tarixi: “Bibliografiya nazariyasi va
tarixi” fanidan o‘quv qo`llanma.- T., 2008.- 82 b.
