ISSN (E): 2181-4570 ResearchBib Impact Factor: 6,4 / 2023 SJIF 2024 = 5.073/Volume-2, Issue-7
13
XIX ӘСИР АҚЫРЫ XX ӘСИР БАСЛАРЫНДА УРАЛ
КАЗАКЛАРЫНЫҢ ЖЕРГИЛИКЛИ ХАЛЫҚЛАР МЕНЕН
МҮНÁСИБЕТЛЕРИ ТАРИЙХЫНАН (МОЙНАҚТАҒЫ УРАЛ
КАЗАКЛАРЫ МЫСАЛЫНДА).
Ниязов Азамат Абдикаримович
.
Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институтı таяныш
докторанты.
Аннотация:
Берилген илимий мақалада автор тийкарынан XIX әсир ақыры
XX әсир басларында елимизге көширип әкелинген ураллы казаклардың
жергиликли халықлар менен өз-ара қатнасықларына итибар қаратады.
Ураллылардың тийкарғы кәсиби балықшылық болғанлығы ҳәм усы тараў
раўажланған аймақ Мойнақтағы ураллылар менен түпкиликли миллетлер
арасындағы дослық мысалында ўақыяларды баян етеди. Мақала авторы өзиниң
Мойнақ районындағы ураллылар ҳаққында топлаған мағлыўматларды
пайдаланып, оның тарийхын кеңнен жарытып бериўге урынған. Соның менен
бирге, илимий жумыста ураллылардың көширилиўи ҳәм соған байланыслы
болған тарийхый ҳәдийселер сәўлелендирилген.
Таяныш сөзлер:
XIX әсир ақыры XX әсир баслары, Қарақалпақстан
Республикасы, Мойнақ районы, Ураллы казаклар, миллетлер аралық
мүнәсибетлер, балықшылық, Арал теңизи, Әмиўдәрья.
Елимиз тарийхын үйренгенде белгили бир аймақты арнаўлы изертлеў сол
жердиң ҳәм аймақтағы түпкиликли халықтың қурамлық өзгешелигин,
дәстүрлерин көрсетип береди. Соның ишинде елимиздиң тарийхын районлар
бойынша үйрениў кейинги дәўирде актуаллыққа айналды. Себеби,
Қарақалпақстанда районластырыўдың алып барылғанына да бир әсирге
шамаласты. Айырым районлар жабылып, жаңалары ашылған ҳәм белгили бир
районларлдың аймағы кеңейтирилген болса да олардың өзиниң тарийхы
сақланып қалды. Оның үстине районларда халық тек ғана бир әсир алдын пайда
ISSN (E): 2181-4570 ResearchBib Impact Factor: 6,4 / 2023 SJIF 2024 = 5.073/Volume-2, Issue-7
14
болып қалған жоқ. Соның ушында районлардың тарийхы дүзилгеннен алдынғы
узақ әсирлерге барып тақалады. Солардан бири үлкемиздиң ең арқа районы
болған Мойнақ есапланады.
Мойнақ районы бойынша кең түрде арнаўлы илимий изертлеўлер еле алып
барылмаған. Соған қарамастан районның тарийхы бойынша қысқаша
мағлыўматлар беретуғын илимий жумыслар бар. Олардың бири Ж.Үббиниязов,
С. Қалқашов, Е. Бегдуллаевлар тәрепинен жазылған «Мойнақ: кеше, бүгин ҳәм
ертең» китабы болып[7], бул да районның балықшылық тараўына бағышланған.
Әлбетте, район Арал теңизи бойында жайласқанлығы ушын балықшылық
раўажланған. Районның балықшылық тараўы бойынша илимий изертлеўлер
алып барылған. XIX әсирдиң соңғы шерегинде көширип әкелинген урал
казаклары ҳәм олардың тийкарғы кәсиби болған балықшылық өндириси ҳәм
дәстүрлери ҳаққында П.А. Шмачков[8,9,10], Е.Е.Калбанова[4], Данилко[2,3]
ҳ.т.б алымлардың илимий жумысларын көрсетиў орынлы болады.
Россия империясының 1875-жылғы әскерий хызметке шақырыў бойынша
жаңа қағыйданы киргизиўи казаклар арасында сораўлар туўдырды, әсте-ақырын
казаклар ортасындағы түсинбеўшиликлер наразылыққа айланды, жағдай
кескинлесе баслады. Нәтийжеде, армияда ғалаба бойсынбаўшылық басланды –
казаклар оқыў лагерлерине келиўден ҳәм жаңа нызам менен байланыслы болған
баслықлардың буйрықларын орынлаўдан бас тартты. Бул бойсынбаўшылық
неадекват репрессияға себеп болды.
1875-жылы сентябрде сүргин етилген Ураллы казаклар Әмиўдәрья
бөлиминиң орайы Петро-Александровск қаласына алып келинди. Оларға
орналасып алыў ушын үй-жайлар, хожалық имаратларын қурыў усыныс етилген,
бирақ ураллы казаклар өзлерин зорлық пенен алып келингенин ҳәм жайласыўды
қәлемейтуғынын айтады. Олардың қайсарлығын сындырыў ушын жаңа жазалар
қолланылған[9:32].
Ураллы
казаклар
Әмиўдәрья
бөлиминиң
Петро-Александровск,
Первоначальный (Уральский), Шаббаз, Нөкис, Мойнақ посёлкаларына
жайластырылған.
ISSN (E): 2181-4570 ResearchBib Impact Factor: 6,4 / 2023 SJIF 2024 = 5.073/Volume-2, Issue-7
15
Ураллы казаклар ҳәзирги Мойнақ районы аймағындағы Арал теңизиниң
қубла жағалаўларына, атап айтқанда, Тоқпақ ата, Мойнақ атаўының
әтирапларына қоныс басады. Айтыўшылардың сөзлерине қарағанда, Аққалаға
жақын жердеги «Бердишқум» деген жерге дәслеп 50-60 ураллылар орналасқан.
Кейин бул дөгеректен балық аўлаў рус администрациясы тәрепинен қадаған
етилгенликтен, ураллылар Мойнақ, Ypгeгe көшкен. XIX әсирдиң ақырында
уральскийлерден 183 адам Ақдәрьяда, 501 адам Зайырда, 30 адам Қызылжарда,
750 адам Мойнақ Үшсай, «Тигровый хвост» деген жерлерде жасаған[7:7].
А. Абдиевтиң тастыйықлаўынша, «Мойнақ ҳәм оның әтирапларында Урал
казаклары көп болған. Олар балық аўланатуғын жақсы ҳәм қолайлы орынларды
ийелеп алған. Казаклар жудә искер, исбилермен еди. Россиядан үлкен кеме,
қайық, аў, басқа да балық аўлаў қуралларын, мылтық алып келип, балық, аң аўлаў
исин раўажландырған. Шолан қурып, балық сақлап, балықты дузлап, ыслап
Россияга жиберип турған. Ал, Россиядан тақтай, қурылыс материалларын, ун,
қант, шай, кийим-кеншек, таўар әкелип сатқан.
Қарағай тақтайдан қайық соғып, қарақалпақларға ижараға берген. Олар
қайық соғыўды әўелги ўақытта үйретпеген. Кейин ала бизиң халыктың ишинен
өнерли усталар шығып, қайық соғыўды, аў тоқыўды үйренген. Былғары етик,
байпақ, жүн, мылтық, постын алыў ушын ураллы казакка кеминде бир-еки жыл
ислеп бериўи керек болған. Соның, ушын адамлар тораңғылдан, қамыстан сал,
жекеннен, ири қамыстан қалың етип тоқып кишигирим қайық ислеп, өзлери
балық аўлап күн кеширген. Көллерге нәрете қурған….
1930-жылға шекем
балықшылық тараўы Урал казакларының қолында болған»[1:93].
А. Төреевтиң айтыўына қарағанда, «балықшылардың ярымы дерлик рус
балықшылары болды…..бурын жалланып ислеўши жергиликли балықшылар –
малай, ал рус балықшылары – балықшы аты менен аталып келинген. Бул патша
царизминиң колониал сиясатына байланыслы болды»[6:36]. Әлбетте, бул
колониялық сиясат нәтийжеси болып, жергиликли халықлардың ҳуқықларын
кемситиў еди. Соған қарамастан, түпкиликли халықлар көширип алып
келингенлер менен миллет аралық дослық мүнәсибетин сақлаўға урынып, олар
бир-бирлеринен кәсиплик тәжрийбе алмасқан ҳәм өнерлерин үйренген.
ISSN (E): 2181-4570 ResearchBib Impact Factor: 6,4 / 2023 SJIF 2024 = 5.073/Volume-2, Issue-7
16
Жергиликли
халықлардың
өзлеринде
бурыннан
дийханшылық,
балықшылық қураллары болса да, көширип алып келингенлердиң де қурал-
жарақ соғыў усылларын өзлестиреди. Мәселен, руслардан орақ соғыў усылын
өзлестирип, ҳәзирги күнге шекем «орыс орақ» деп халық арасында аталып
келинеди[10:43].
Сондай-ақ балықшылардың транспорт қуралларында да бирқанша
өзгерислер болды. Қубла Арал балықшыларының арасында рус типиндеги
«будары» деп аталатуғын ҳәм басқа да қайықлар тарады, Бул қайықларды
дәслепки таратыўшылар ураллылар болды. Соның менен бирге бундай
қайықларды соғыўды жергиликли усталар да үйренди[7:8]. Е.Е. Калбанова «XX
әсир басларында Ураллылар ең жақсы дарғалар (кеме басқарыўшылар Н.А.)
есапланған, олар саўда кәрўанлары ҳәм халық делегацияларына баслап барған,
түркий тиллерди билген ҳәм аўдармашылық еткен»-деп жазады[4:15].
2024-жылы
Москвада баспадан шыққан С.П. Курноскин, П.А.
Филинлердиң «Очерки по истории судоходства уральских казаков»
шығармасында «Ураллылар негизги кәсиплери балық аўлаў болған Үшсай,
Мойнақтың теңиз бойындағы жергиликли халықлардың руўхы, дини бойынша
жақын болып бирге жасады… Ураллылар теңизде балық аўлаўдың ең көп
тарқалған усылларын жетерли билмеди, торлар менен аханалар, олар ушын
торлы ҳәм аханалық қайықлар қолланылды. Негизинен көбинесе Мойнақ
жағалаўларында, оларды теңиз қайықлары менен балық услады, ылақа, бекире
ҳәм сүўенлерди аўлаў ушын илмек қуралын жүдә сийрек қолланды»[5:70-71]-деп
Мойнақтың теңиз жағасы балық аўлаў ушын қолайлы болғанлығын
тастыйықлайды.
Және А. Төреевтиң тастыйықлаўынша, «Туземецлерден жумысшылары
бар, ҳәр қайсысы еки-үш қайыққа ийе болған уралецлер, балық санаатшылары,
алып сатарлар ямаса өзлериниң балық тапсырыўшы туземецлерине кредитке
қураллар ҳәм қайық берип, балық аўлаўшылар билет пулын жумысшылардың,
балық тапсырыўшылардың атына жаздырып төлеп турады. Ақырында, әлбетте,
билет пулын олардың есабына жазып қояды. Усындай балық санаатшылары
Әмиўдәрья промысларында 20 ға жетеди»[6:39]-деп айтып өтеди.
ISSN (E): 2181-4570 ResearchBib Impact Factor: 6,4 / 2023 SJIF 2024 = 5.073/Volume-2, Issue-7
17
Соны айтып өтиў керек, Россия империясының үлкеге пәс нәзери көширип
алып келингенлер менен жергиликли халықларға жүргизген социаллық
сиясатында көринеди. Жоқарыдағы автордың айтыўынша, «Балықшыларға
медициналық жәрдем де көрсетилмеди. Емлеў орынларына ийе промыслы
ийелери де балықшылардың емлениўине итибар бермеди. ….олар тәўип, порқан,
молла емлери менен ғана емленер еди…. билим алыў мүмкиншилигинен де
шетлетилди. Ургеден, Қызыл жар, оннан Таллыға шекемги аралықта жайласқан
5000 жан ушын еки мектеп, уралец ҳәм руслар ушын еки диний церковь болып,
онда жарлы халықтың балалары оқый алмады. Мерген атаў, Тазбес қум, Ақ
беткей, Тайлақ жеген сыяқлы халық жасаған атаўларда диний мектеп
болмағанлықтан, жаз айларында қырдан моллалар барып оқытатуғын
болған….1912-жылы балық санаатшыларының баслаўы менен, Мойнақ атаўында
жасаўшы 230 шаңарақ ушын мектеп ашылған еди. Әлбетте, ол да рус семьясы
балалары ушын ашылды»[6:39].
Ўақыт өтип көширип алып келингенлер аймаққа бейимлескеннен кейин
жергиликли миллетлер менен өз-ара дослық қатнасында болды. Олар биргеликте
колонизаторлар сиясатына наразылықларын билдирип отырған. Мәселен,
«…Әмиўдәрья балықшылығында тийкарғы аўлаўшылар болып, бурынғыдай-ақ,
ураллы қонысшылары саналады. Өзлерин жазықсыз жер аўдарылған толық
ҳуқықлы қазақлар деп есаплап, олар қадаған етилген орынлардың ҳешқандай
қағыйдаларын ҳәм балық аўлаўдың мерзимли ўақытларын мойынламайды, олар,
айырым жағдайларды қоспағанда, өзлерин ҳәр қандай алым-салымнан азат деп
есаплап, балық аўлаўға өзлери ушын ҳеш қандай билет алмайды. Сол себепли
қазнаға ҳәр жыл сайын 1000 манатқа зыян келтириледи. Олардың атын ҳәм
әкесиниң атын табыўдың қыйынлығынан, оларды судқа тартыў бәрҳама мүмкин
емес. Олар өзлериниң атын жасырады. Балық бақлаўшыларының азлығынан ҳәм
полицияның жоқлығынан, ураллылардың аў-дузағын конфискалаўға бақлаўшы
күшсиз. Себеби: ураллылар балықшылыққа 15-20, оннан да көп адамнан ибарат
партия болып кетеди, қатты қарсыласады. Ҳәм бақлаўшыны қорқытады. Әскерий
күшти қолланыў ғана казаклардың қарсылығын сапластырар еди. Балықшылық
тәртибине барлық туземецлерде бағына бермейди….
Нәтийжеде, ревизия
Әмиўдәрья балықшылық районында балықшылықтан түсетуғын пайданы
ISSN (E): 2181-4570 ResearchBib Impact Factor: 6,4 / 2023 SJIF 2024 = 5.073/Volume-2, Issue-7
18
көбейтиў жолы, балық қадағалаўшыларының санын көбейтиў, оларды тез
жүретуғын қайықлар менен тәмийинлеў, ураллыларды билет алыўға мәжбүрлеў,
нәрете, қаза менен балық аўлаўды қадаған етиў, билетсиз балық аўлаўшылардың
аў-дузағын, аўлаған балығын конфискалаў, турақлы қадаған етилген орынларда
промыслы қурылысын шеклеўден ибарат деп уйғарды»[6:41-42].
Көп жыллар даўамында аймақтағы халықлар менен араласып жасаўы
нәтийжесинде тили, мәденияты, жасаў турмысында өзгерислерге ушырады.
Е.Е.Калбанова «Қарақалпақстан халықлары менен мәдений-турмыслық
байланыслар нәтийжесинде Ураллылар мәденияты, дүньяқарасы ҳәм
диалектинде аймақлық (Төрткүл, Нөкис, Қоңырат, Мойнақ) парықлар пайда
болды»-деп тастыйықлайды[4:16]
Жуўмақ ретинде соны айтып өтпекшимиз, ураллылар аймаққа мәжбүрий
көширилген болса да жергиликли халықларға, усы жердиң климатына бейимлесе
алды. Олардың тийкарғы кәсиби балықшылық болғаны ушын Арал теңизи
бойында жайласқан Мойнақ аймағы үлкен әҳмийетке ийе болды. Бул болса өз
нәўбетинде усы аймақтағы түпкиликли миллетлердиң жасаў турмысына да тәсир
жасады. Биринши гезекте балықшылық раўажланды. Соны айтып өтиў керек,
үлке халықларының көп түрлилиги жәмийетлик сананың өсиўине ҳәм де
миллетаралық дослықтың беккемлениўинде үлкен әҳмийетке ийе болды.
ISSN (E): 2181-4570 ResearchBib Impact Factor: 6,4 / 2023 SJIF 2024 = 5.073/Volume-2, Issue-7
19
Пайдаланылған әдебиятлар:
1.
Абдиев А. Қут берекетли Мойнақтың көксине қуп жарасып,
жулдыздай жарқыраған Әжинияз. Әмиўдәрья, 2020. №1. – 91-1-3 бб.
2.
Данилко Е.С. Старообрядцы-уральцы в Средней Азии и
Казахстане: взаимоотношения с соседями и социально-культурная
адаптация. // Вестник антропологии, 2016. № 4 (36). – С. 22-37.
3.
Данилко Е.С. Традиции общинной взаимопомощи в
старообрядческой
среде:
по
материалам
Урало-Поволжья.
4.
Калбанова Е.Е. Быт и культура уральских казаков
Каракалпакстана (последняя четверть XIX XX веков). Автореф. Дисс. на
соискание уч. степ. Кандидат исторических наук. Нукус: 1999. – С. 28.
5.
Курноскин С.П. Филин П.А. Очерки по истории судоходства
уральских казаков. Москва, 2024. – С. 216.
6.
Төреев А. Әмиўдәрья балықшылық районы балықшыларының
жағдайы ҳәм олар ортасындағы класслық гүрес тарийхына(XIX әсир ақыры
XX әсир басы). // Өз ССР ИА Қарақалпақстан филиалы Хабаршысы. Нөкис:
№1 (7) 1962. - 34-43 бб.
7.
Үббиниязов Ж, Қалқашов С, Бегдуллаев Е. Мойнақ: кеше,
бүгин ҳәм ертең. Нөкис «Қарақалпақстан», 1991. – 56 б.
8.
Шмачков П. А. Переселение и землеустроиство в Турскестане
(1867-1917 гг.) // Вестник Каракалпакского филиала Академии наук УзССР
. Нукус: №3 (5) 1961. - С. 72-81.
9.
Шмачков П.А. Переселение уралцев в Кара-Калпакию(1875-
1881 гг.). // Вестник Каракалпакского филиала Академии наук УзССР .
Нукус: №3 (5) 1961. - С. 30-38.
10.
Шмачков П.А. Роль русских крестьян-переселенцев в развитии
сельского
хозяйства
Туркестана
(1867-1917
гг.).
//
Вестник
Каракалпакского филиала Академии наук УзССР . Нукус: №1(3), 1961. – С.
40-49.
