ОҚЫӮШЫ ЖАСЛАРДА ТЕХНОЛОГИЯЛЫҚ БИЛИМ ТИЙКАРЛАРЫН ҚӘЛИПЛЕСТИРИӮДЕ КРЕАТИВ ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ПРИНЦИПЛЕРИ

Аннотация

Қарақалпақ халқы өз миллийлиги менен басқа миллетлерден айырылып турады. Миллийлигимиз миллий нағыслар менен кестелениў өнеринен турып қоймастан, басқа да миллий қадриятларымыз бенен басқа миллетлерден айырылып турамыз. 

Тип источника: Журналы
Годы охвата с 2023
inLibrary
Google Scholar
Выпуск:
f
23-28
28

Скачивания

Данные скачивания пока недоступны.
Поделиться
Дәӯлетмуратова М.Б. (2024). ОҚЫӮШЫ ЖАСЛАРДА ТЕХНОЛОГИЯЛЫҚ БИЛИМ ТИЙКАРЛАРЫН ҚӘЛИПЛЕСТИРИӮДЕ КРЕАТИВ ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ПРИНЦИПЛЕРИ. Международный журнал теории новейших научных исследований, 2(12), 23–28. извлечено от https://www.inlibrary.uz/index.php/ijrs/article/view/60309
Crossref
Сrossref
Scopus
Scopus

Аннотация

Қарақалпақ халқы өз миллийлиги менен басқа миллетлерден айырылып турады. Миллийлигимиз миллий нағыслар менен кестелениў өнеринен турып қоймастан, басқа да миллий қадриятларымыз бенен басқа миллетлерден айырылып турамыз. 


background image

23

7.1

2

12

ОҚЫӮШЫ ЖАСЛАРДА ТЕХНОЛОГИЯЛЫҚ БИЛИМ ТИЙКАРЛАРЫН

ҚƏЛИПЛЕСТИРИӮДЕ КРЕАТИВ ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ПРИНЦИПЛЕРИ

Дəӯлетмуратова М.Б.

Əжинияз

атындағы

НМПИ

еркин излениӯшиси

Таянч сӯзлар:

миллийлик, қəдирият, фольклор, миллий ойынлар, салт-дəстүр,

педагогика, креатив пикир, көк терек, көк көйлек.

Ключевые слова:

национальный,

фольклор, национальные игры, традиционные

одежды, педагогика, креативные мысли, синняя дерево, синняя рубашка.

Қарақалпақ халқы өз миллийлиги менен басқа миллетлерден айырылып
турады. Миллийлигимиз миллий нағыслар менен кестелениў өнеринен турып
қоймастан, басқа да миллий қадриятларымыз бенен басқа миллетлерден
айырылып турамыз. Мысалға Қарақалпақ аўыз еки фольклорларымыз, аңызлар,
ертеклер,

айтыслар,

дəстанларымыз,

бир

неше

шығармаларымыз,

қосықларымыз, жумбақ, нақыл-мақалларымыз бенен айрықша көзге түсемиз.
Буннан басқа балалардың миллий ойынлары: ақ терекке көк терек, аўелемен-
гүўелемен, бес тас, ылақ ойынлары, аткөншек тебиў, қашарман топ ҳ.т.б
миллий ойынларымызды алсақ болады. Соның менен бирге миллий салт
дəстүрлеринен бири болған «Наўрыз байрамы», қыз узатыў, бесик жыры, қыз-
жигитлер айтыслары да киреди. Миллий байрамымыз «Наўрыз» байрамында
халқымыз үлкен көтериңкилик пенен байрамлап, миллий кийимлерди кийип,
миллийтағамларды писирип дəтүрханларға тартып халыққа тарқатады. Бул
байрамда миллий дəстүрлеримизден ат шабыслар, қошқар дүгиспек, қораз
урыстырмақ, қыз-келиншеклердиң ат-көншек тебиўи, балалардың миллий
ойынлары тамашаланады, ҳəм «қыз-узатыў», «беташар» көринислерин
мəденият хызметкерлери көрсетип береди. Миллийлигимизди мақтаныш етип
айтатуғын болсақ миллий шығармаларымыз болған дəстанлар ҳəм тарийхый
орынларымызды тилге алсақ болады.

Ғəрезсизлик шарапаты менен жаратылған «Кадрлар таярлаўдың миллий

бағдарламасы» тəлим тараўын өтмиштен қалған көз қараслар ҳəм сарқытлардан
толық қутылыў, жоқары мағлыўмат ҳəм əдеп-икрамлылық талапларға жуўап
бериўши жоқары билимли кадрлар таярлаў ҳəмде олардың сыпатын халық
аралық стандартлар дəрежесине көтериўди нəзерде тутуады. Халқымыз
өмиринде жүз берип атырған өзгерислер өнер тараўына да белгили дəрежеде өз
тəсирин өткизбекте. Солай eткen онер ҳəзирги күнде инсан өмирин жəне де
гөззал қылыў, оған эстетик руўхый азық бериў даркар. Қарақалпақ халқының
тарийхын изертлеўге өз мийнетлерин қосқан Иванов, Толстов, Жданко,


background image

24

7.1

2

12

Камалов, Морозовлар 1906-жылы II томнан ибарат «Қарақалпақ халқының
тарийхы» китабын басып шығарған. Усы китапқа тийкарланып Қарақалпақ
халқының

тарийхының

раўажланыўының

мəдениятының

қурылысын

көрсетиўге болады.

Қарақалпақстан көркем өнер искусствосы өнерментшилик, кесте тигиў

менен байланыслы,булар халықтың көркем өнерге болған интасын арттырып,
эстетикалық тəрбиясын байытады, ҳəмме зат аддамның психологиялық ойлаўы
нəтийжесинде исленеди.

Адамның шеберлиги менен исленген өнерли ислер адамзат жəмийетинде

умытылмас из қалдырады, адамға материаллық ҳəм мəдений заўық береди.
Буның дəлийли көркем шығармаларда өз сəўлесин табады.

Бизге белгили гөззаллық сырларын үйрениў арқалы инсанларға тийисли

жақсы пазийлет –келешекке жетелеў бойынша басқа тараў оқытыўшысы халық
өнерментшилиги қол өнерин бере алатуғын ўазыйпаны атқара алмайды.
Шынында да, талаба ҳəм жасларды эстетикалық ҳəм мораллық камалға
жеткериў,

оларға

ҳəр

тəреплеме

руўхый

азық

бериўде

бул

мағлыўматларымыздың орны гиреўли. Қарақалпақ нағысшылық өнери
шынығыўлары талабаларда руўхыйлық ағартыўшылықтың ажыралмас бөлими
есапланған көркем əмелий өнерди ҳəм əдеп икрамлылықты раўажландырыўға
хызмет қылады.

Халық дөретпеси бала тəрбиясында үлкен орынды ийелейди. Кестешилик

жас əўладты көркем өнер сезимталлығы жағынан бай өзиниң пикирин еркин
айта алатуғын, билимли мийнет сүйгиш етип тəрбиялаўда халық
өнерментшилиги əҳмийетли орынды тутады. Халық өнерментшилигиниң жəне
бир өзине ылайықлы өзгешеликлери соннан ибарат, бундай мағлыўматларды
бериўимизде талабаларға көркем билимлерден тысқары жəне мийнет
көнликпесин раўажландырады, оларда гүзетиўшилик, көз алдына келтириў,
еслеў, шамалаў образларды ойына келтириў усаған сыпатларыда өсирилип
барылады. Олардың көркем-эстетикалық сезимталлығы дөретиўшилик,
искерлик, уқыплылығы раўажланып барады.

Ҳəр

қандай

оқыў

барысы

сыяқлы

халық

өнерментшилиги

шынығыўларының тийкарында да талабаларды жоқары көтериңки рухта
тəрбиялаў, оларға өнердеги халықтың ролин түсиндириў жатады. Бул
ўазыйпалар халық өнерментшилиги шынығыўларының ҳəр бир түринде əмелге
асырылады. Инсанларды мийнетке ҳəм жасаўға руўхландырыўы, олардың ишки
дүньясын байытыўы керек. Инсанның манавияты барлық ўақытта өнер


background image

25

7.1

2

12

мийўелерине иқтияж сезеди. Солай екен өнерсиз жасап болмайды. Нағыс салыӯ
өнери халық əмелий өнеринде тийкарғы орынды ийелейди. Ол ҳəр түрли
дөретиўшилик шешимлерге қатнасып көркем шығармалар жаратыўда тийкар
бола алады.

Қарақалпақ миллийлигимизди үлкен төрт топарға бөлип үйренсек

болады.

1.

Қарақалпақ миллий буйымлары: буларға миллий саз əсбаплары ала мойнақ
дуўтары, шын ғобыз, гиржек. Буннан басқа турмысымызда тутынатуғын
буйымларымыздан ыдыс-табақлар: кели-келсап, дигирман, уршық, қарүй,
шилауыш, шыпта ҳ.т.б буйымлар киреди.

2.

Қарақалпақ миллий дəскерлери: буларға күнделикли үй шараятларымызда
пайдаланылатуғын кестеленген ҳəм қол өнери менен жаратылатуғын буйымлар
киреди. Мысалға қурақ көрпеше, шымылдық қас, бесик тартқы баўы, ун
шанаш, шай қалта, ат қоржын, сыпыра, қара уй тартқы баўлары ҳ.т.б

3.

Қақалпақ миллий кийимлери буларға: Миллий көк көйлегимиз, ерлер шапаны,
миллий қара қалпақ, диз кийимлер, жеңсизлер, ақ жегде, қызыл киймешек,
саўкеле, миллий ерлер көйлеги, тахия, жаға ҳəм жең ушлары ҳ.т.б.

4.

Қарақалпақ миллий нағыслары буларға ғаўаша гүл нағысы, қошқар мүйиз
нағысы, шилауш нағысы, қумырысқа бел нағысы, кереге нағысы ҳ.т.б.

Қарақалпақша кесте тигиў өнери халық шеберлигиниң əжайып халық

миллийлигине ийе. Гейпара кестели кийимниң бөлеги, нағыс түрлери, олардың
орналасыў композициясы, реңлери, басқа қоңсылас ямаса тағы бир халықларда
ушыраспайды. Əдетте ҳаял-қызлардың мереке жыйынларда кийетуғын
кийимлери бир қанша турмыста қолланылатуғын буйымлар кестеленеди.
Солардың арасындағы дүнья жүзине аты таралған, көркемлилиги ҳəм тарийхый
эстетикалық əҳмийети бойынша илимде жүдə баҳалы қыз-келиншеклер ушын
кестели көйлек, қызыл киймешек, жеңсе ҳəм жең ушы жипек шапанының
жағасы, саўкелениң айналасы, өңирше ҳəм басқа да кийим бөлеклери, ал 40
жастан өткен ҳаяллар ушын кестели ақ көйлек (бизиң заманға келип жетпеген)
ақ жегде де, ақ киймешек болған болған. Булардан тысқары кестеленип
исленген ақ көзлик бесиктиң тартқы баўы болған. Қарақалпақша кесте тоқыў
өнеринде пайдаланылатуғын, материаллар онша көп емес. Олар қызыл ҳəм қара
реңли ушыға (Кызыл киймешек, жеңсе, жең ушы, өңирше, сəўкелениң кестели
халқасы, жипек жегдениң жағасы ҳ.т.б) ақ реңли (ақ киймешек, ақ жегде,
аткөзлик). Кесте нағыслары халық турмысы менен, оның дүнья таныўы, ҳəр
қыйлы түсиниклери менен тығыз байланыслы. Бул мəселелер нағыстың


background image

26

7.1

2

12

сүўретиненде, атамасынанда көринип турады. Мəселен ғаўаша гүл нағысы,
кереге нағысы х.т.б.

Мине усылай етип миллийлигимиз ҳəм миллий нағысларымыз раўажлана

баслаған ҳəм изертленип усы дəўирге келип жеткен. Қарақалпақ ҳалқы бай
тарийхқа ийе. Бизиң ата- бабамыздан бизге мийрас болып қалған,
миллийлигимиздиң нышаны нағыслар болып есапланады. Ҳаял-қызларымыз
кестешилик пенен шуғылланатуғы болган. Кесте- ҳəртүрли реңдеги сабақлар
менен миллий кийимлерге, миллий дəскерлерге кестеленип тигилетуғын
болған. Ата-бабамыз өзин қоршаған орталыққа қарап сүўрет салып нағыс
көринислерин келтирип шығарған. Қол өнери яғный кестелеў өнери еки дəўир
миллий нағыслары түрлерине бөлинеди.

1.Ертеден киятырған қарақалпақ халқының миллий нағысын кестелеў өнери.
2. Басқа халықлар менен қарым-қатнас арқалы бизге келген нағыслар

халқымыздың көркем өнерин раўажландырыў нəтийжесинде нағыстың
түрлериниң көбейиўи ҳəр бир нағыстың түрлериниң көркемлик көриниси
исленген заттың сулыў ҳəм шырайлы болыўына себепли болады. Олар нағысты
тəбиятқа байланыстырып ҳəм дəўирдиң өзгешелигине ылайықлы, ықшамлап
барған.

Қарақалпақша кесте тигиў өнери халық шеберлигиниң əжайып

үлгилерине ийе. Гейпара кестели кийим, кийимниң бөлеги, нағыс түрлери,
олардың орналасыў композициясы, реңлери басқа қонсылас ямаса теги бир
халықларда ушыраспайды. Əдетте ҳаял-қызлардың мереке жыйынларда
кийинетуғын кийимлери, бир қанша турмыста қолланылатуғын буйымлар
кестеленилген, солардың арасында ең көркемли етип кестеленетуғын
көркемлиги ҳəм тарийхый эстетикалақ əҳмийети бойынша гилемде жүдə
баҳаласы қыз-келиншеклер ушын кестели көк көйлек, қызыл киймешек, жеңсе
ҳəм жең ушы, жипек шапанның жағасы, сəўкелениң халақасы, өңирше ҳəм
басқа да кийим бөлеклери, ал 40 жастан өткен ҳаяллар ушын ақ көйлек, ақ
жегде, ақ киймешек болған. Айырым жипек шапанлардың пөпегине майда ақ
моншақлар, қызыл киймешеклердиң гейпараларына гүмис теңгелер дүзилген.

Нөкис, Москва, Санкт-Петербург музейлериниң қарақалпақ халық өнери

бөлимлерине қарағанда, XIX ҳəм XX əсирдиң шерегинде ең көп таралған
кестели кийим, қызыл киймешек болған. Ол узатылатуғын қыздың ҳам
келиншектиң, жас ҳаялдың мереке-жыйынында кийетуғын баслы кийими
болған.

1902-жылы

«Русский

весиник»

журналында

жəрияланған

А.Е.Россикованың «ПО Амударье от Петро-Александровска до Нукуса»- деген


background image

27

7.1

2

12

очеркинде қызыл киймешектиң сүўретлемеси берилген. Барлық салтанатлы
жыйынларға олар «киймешек кесте»-деп аталатуғын қалпақ кийеди. Бул таң
қаларлық бас кийим, барлық турмысқа шыққан ҳаялларда болады. Оның
тигилиўи: Бир таўардан үш тəрепи тең үшмүйешли етип қыйып алынып, оның
ортасын адам бети көринетуғын етип ойып алады.

Дөгереги əдипленеди. Бос жериниң бəри ҳəр түрли реңли жипек пенен

кестеленеди. Кестениң өнери Маларосскаялардың өнерине уқсайды. Буннан
басқа қызыл киймешектиң сыпатламасын толық түрде И.А.Жданко бир неше
жумысларында көрсеткен. Көкке боялған бөзге кестеленген женуш көлеми
бойынша ушыға женуш пенен тең болады. Женуш жеңсеге қарағанда келте,
оның баслы нағыс үлгилери еки үштен артпайды. Өзине тəн айрықша
нағыслары болмайды.

Қарақалпақ кесте өнериниң əжайып үлгилериниң бири көк көйлек. Ол

келиншектиң ҳəм жас ҳаялдың кийими. Көк көйлек қаралтым көк реңде
боялған, бөзге қызыл, сары сабақлар менен кестеленеди. Нағыслар жағадан
басланып, еки өнерин бойлап көйлектиң алдыңғы етегине дейин ҳəм еки
жеңниң ушында болады. Теңиз бойындағы аўылларда жасаўшы ямаса сол
жақтан қырға көшип келген, ески адамлар көк көйлектиң нағысын «саўыт
нағыс» деп атайды. Соның менен бирге нағыссыз көк рең қарақалпақларда
қайғы-матамның белгиси болған. Тахтакөпир, Қараөзек районларында
Даўлемтурат қызы Оразгүл өзи ислеген көк көйлекти Қарақалпақ мəмлекетлик
көркем өнери музейинде (№2458), Саске қызы Ҳəжигүл ақ жегдесин (2033)
экспедиция ағзаларына тапсырды. Мойнақ районында Абдул қызы Аманбийке,
Даўлетияр қызы Улбоған, Махамбет қызы Бийбираба, Бердамбет қызы
Бийбизада атлы шеберлер болған.

Өңирше төмени ушланып, ал жоқарысы айырылып ямаса кесик болып

келеди. Нағысланатуғын бети ушығадан болып бөз бенен астарланады.
Ушығаға муқыятлап кесте тоқып, оның үстине түйме теңгелер тағылады.
Өңиршениң көбинесе еки жол нағысы болады.

Буннан басқа миллий дəскерлеримиздиң бир түри «шанаш» əдетте бузаў

терисинен исленген болады, оған териден ямаса реңли шүбереклерден үстине
тигип нағыс əшекөйленеди. Бул шанаш кишкене малдың баласының терисинен
(қозы ямаса ылақ) исленген, себеби узынлығы тек 55см ғана болады. Нағыстың
төмени үш бөлекленген, бастан аяқ шыйратылған шақалы дарақ шанаштың
аўыз жағында бир неше рет қайталланып араласып келетуғын ийрекей толқын
нағыслар, төмендеги ушында əжайып шеберлик пенен исленген моншақ


background image

28

7.1

2

12

өткерген пөпеклер бар. Моншақлар ҳəр түрли жипек сабақ пенен тигилген
нағыслардан ибарат болған пөпеклерде аттың жанасында болады, ҳəм безеклер
ретинде пайдаланылады.

1970-Жыллар Қарақалпақстанда кесте тигиў өнеринин жаңа өмири

басланды. Дəслеп бир қанша сүўретшилердиң шығармаларында, кестели
кийим, кесте нағысы көрине баслады. Мысалға: Қ. Сайповтың плакатлары,
китапқа ислеген сүўретлери, қəўендер Бердимуратовтың ҳəм Карим
Мамутовтың бир қанша жумысларын алсақ болады. Атабаевтвң «Ҳаял»
портрети ҳəм басқа да бир қанша жумысларында, Галина Абдирахманованың
«Зергердиң дүканында», «Келиншек» атлы жумысларында қызыл киймешек,
көк көйлек суўретленеди. Қарақалпақстан архитектурасы, дийўалға сүўрет
салыў өнери халық нағысын, соның ишинде кесте өнерин қайта
раўажландырыў исине араласты. Нөкистиң бурынғы темир жол вокзалының
фаесиндеги П.Есенгалиевтиң ҳəм М. Ишановтың «Той» атлы көлемли
жумысында кестели кийимниң биразы тəбийий реңде көрсетилген. Буннан
басқа қарақалпақ милллийлиги ҳаққыында бир қанша шайырлардың,
илимпазлардың мийнетлеринде барлық миллийлигимиздиң түрлери, келип
шығыў тарийхы ҳаққында кеңнен көрсетип бере алған.

Мине солай етип миллийлигимизди оның раўажланыў тарийхын ҳам оны

ислеп шығыў халқымыз турмысына ен жайдырыў ҳəм оларды европа усылы
менен раўажландырған ҳалда талаба жасларымыздың санасына киргизип
барсақ миллий кадриятларымызды беккемлеп ҳəм оларды билимлендириӯ
системасына киргизип, олардың колланылыўдағы əҳмийети орны гүреўли.

Соның менен қатар миллийлигимизди басқа мəмлекетлерге танытсақ ҳəм

шет ел музейлеринде белгили орынларды ийелеп турған миллий кийимлеримиз
түрлерин мəдженият тараўында ҳəм халқымыз турмысында қолланыўда ен
жайдырсақ келешек əўлад ушын миллий қадриятларымызды сақлап қалыўда
үлкен үлес қосқан боламыз. Буның айқын дəлийли Қарақалпақстандағы
«Савицкий» атындағы музейимиздиң ишиндеги миллий экспанатлардың
көринислери ҳəм түлери дүнья жүзи музейлери арасында белгили орынды
ийелеўин мақтаныш етиӯ жүдə орынлы.

Əдебиятлар:

1.

М. Толстов. История народов каракалпакии. М. 1936. том II

2.

Базарбаев Ж. Руӯхыятымыз маржанлары. Н. Билим. 2008.

3.

Омонтураев А. Чорвадор нутқида уй-рузғор буюмлари ном ива мақомлар
эвфемизми. Термиз. 2007.

4.

Хожанов М. Қарақалпақ тилинде орнитонимлер. Н. 2019

Библиографические ссылки

М. Толстов. История народов каракалпакии. М. 1936. том II

Базарбаев Ж. Руӯхыятымыз маржанлары. Н. Билим. 2008.

Омонтураев А. Чорвадор нутқида уй-рузғор буюмлари ном ива мақомлар эвфемизми. Термиз. 2007.

Хожанов М. Қарақалпақ тилинде орнитонимлер. Н. 2019