Қарақалпақлар турмысында «келин» статусы қəлиплесиўинде қыз-бала тəрбиясы

Annotasiya

Каракалпакларда кызлар тэрбиясы хам оларда жаслытынан баслап келинликке таярлау дэстурлери XX эсирдиц басына шекем патриархарлык иегизлер менен характерленеди. Каракалпакларда хаялдыц рауажланыуында «кызлык дэуири» жудэ улкен эхмийетке ийе болтан, себеби сол дэуирде хаял келешекте шацараклык турмыс ушын зэрур болган конликпслсрди алып, хожалыкты жургизиуди хэм айырым онсрлерди уйренген. Эсиресе, жас кызларды келинликке таярлауда жецгениц роли улкен болып, ол тууысканлар ишинде илимий жактан белгили бир «институт» бола алады.

CC BY f
74-76
52

Кўчирилди

Кўчирилганлиги хақида маълумот йук.
Ulashish
Таджетова, С. (2023). Қарақалпақлар турмысында «келин» статусы қəлиплесиўинде қыз-бала тəрбиясы . Қарақалпақстанда этнографиялық изертлеўлер: тарийх ҳәм заманагөйлик, 1(1), 74–76. Retrieved from https://www.inlibrary.uz/index.php/ethnography_karakalpakstan/article/view/21931
С Таджетова, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети

2-курс магистранты

Crossref
Сrossref
Scopus
Scopus

Annotasiya

Каракалпакларда кызлар тэрбиясы хам оларда жаслытынан баслап келинликке таярлау дэстурлери XX эсирдиц басына шекем патриархарлык иегизлер менен характерленеди. Каракалпакларда хаялдыц рауажланыуында «кызлык дэуири» жудэ улкен эхмийетке ийе болтан, себеби сол дэуирде хаял келешекте шацараклык турмыс ушын зэрур болган конликпслсрди алып, хожалыкты жургизиуди хэм айырым онсрлерди уйренген. Эсиресе, жас кызларды келинликке таярлауда жецгениц роли улкен болып, ол тууысканлар ишинде илимий жактан белгили бир «институт» бола алады.


background image

1

Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы

Қарақалпақстан бөлими

Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты







ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА ЭТНОГРАФИЯЛЫҚ

ИЗЕРТЛЕЎЛЕР: ТАРИЙХ ҲӘМ ЗАМАНАГӨЙЛИК

Қарақалпақстан

ға мийнети сиңген

илим ғайраткери, тарийх илими кандидаты

Хожахмет Есбергеновтың 90-жыллығына бағышланған

илимий-əмелий конференция

МАТЕРИАЛЛАРЫ













Нѳкис

«Илим»

2023


background image

2

УOK 008(575.172)+94(575.172)
КБК 63.3(5Қар)
Қ50

Қарақалпақстанда

этнографиялық

изертлеўлер:

тарийх

ҳәм

заманагӛйлик // Республикалық илимий-әмелий конференция материаллары.
ӚзРИАҚБ Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты.
Нѳкис: «Илим» баспасы, 2023ж., 132 б.



Топлам

Ӛзбекстан

Республикасы

Илимлер

Академиясы

Қарақалпақстан бӛлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў
институты Илимий Кеӊесиниӊ (2023-жыл, 10-апрель кҥнги №3-санлы
баянлама) қарарына тийкарланып Қарақалпақстан Республикасыныӊ
этнография илимине ѳз ҥлесин қосқан Қарақалпақстанға мийнети сиңген
илим ғайраткери, тарийх илими кандидаты Хожахмет Есбергеновтың
90-жыллығы мҥнәсибети менен шѳлкемлестирилген «

Қарақалпақстанда

этнографиялық изертлеўлер: тарийх ҳәм заманагӛйлик

» атамасындағы

республикалық илимий-әмелий конференция материаллары.



Бас редактор:

Қарлыбаев М.А.

Жуўаплы редактор:

Курбанова З.И.

Таярлаўшы:

Сайтов А.Т.


Топламда берилип атырылған материаллардағы мағлыўматлардыӊ

ҳәм мазмуныныӊ дурыслылығына авторлар жуўапкер, олардыӊ пикирлери
редакцияныӊ пикирлери болып есапланбайды.




ISBN 978-9943-8869-6-4

© «Илим» баспасы, 2023ж.


background image

74

Таджетова С. Ш. -

ҚАРАҚАЛПАҚЛАР ТУРМЫСЫНДА «КЕЛИН» СТАТУСЫ ҚƏЛИПЛЕСИЎИНДЕ

ҚЫЗ-БАЛА ТƏРБИЯСЫ

С.Ш. Таджетова

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети 2-курс магистранты

Қарақалпақларда қызлар тәрбиясы ҳам оларда жаслығынан баслап келинликке

таярлаў дәстҥрлери XX әcирдиң басына шекем патриархарлық негизлер менен
характерленеди. Қарақалпақларда ҳаялдың раўажланыўында «қызлық дәўири» жҥдә ҥлкен
әҳмийетке ийе болған, себеби сол дәўирде ҳаял келешекте шаңарақлық турмыс ушын
зәрҥр болған кӛнликпелерди алып, хожалықты жҥргизиўди ҳәм айырым ӛнерлерди
ҥйренген. Әсиресе, жас қызларды келинликке таярлаўда жеңгениң роли ҥлкен болып, ол
туўысқанлар ишинде илимий жақтан белгили бир «институт» бола алады.

Жас қызлардың тәрбиясы ҳәм олардың ҥлкен ажыралмас қарақалпақ

шаңарағындағы орны, оған болған қатнас дәстҥрлери қарақалпақ этнографларының
шаңарақ дәстҥрлерин изертлеў бойынша мийнетлеринде сәўлеленген. Бул шаңарақ ҳәм
туўысқанлар қатнасықлары ҳәм дәстҥрлери ишинде семьяда қыздың тәрбиясы, оның
социализация процессиндеги жасына сай болған дәстҥрлер, қызды турмысқа таярлаўда
туўысқанлары, соның ишинде жеңгесиниң қатнасы А.Бекмуратова, Х.Есбергенов,
У.Шалекенов, З.Қурбанова, Р.Камалова, Т.Есбергенова, М.Утебаев ҳәм басқалардын
мийнетлеринде орын тапқан. Жоқарыда кӛрсетилген илимпазлар ҳәр тҥрли дәрежеде
қызды тәрбиялаў ямаса социализациясын ӛзлериниң илимий темасы шеңбиринде
ҥйретилген.

Қарақалпақ шаңарағында қызлардың орны әдетте дәстҥр бойынша салыстырмалы

ондай жеңил деп бахалаўға болмайы, себеби қызды жастан баслап «тәрбиялы»

,

«кишипейил», «жыйнақлы» болыўды ҥйреткен. Сонлықтан ол шаңарақ, туўысқанлар ҳәм
бир аўылдағы қоңсы-қобалардың итибарында болып қызды жуӯапкершиликке
тәрбиялаған.

Бирақ сол менен биргеликте қыздың шаңарақтағы жағдайы салыстырмалы әдеӯир

жеңил болған. Ҳаялдың ӛмиринде ең жақсы ўақыт «қыз ўақыт» деп есаплайды кӛплеген
информаторлар. Қызды туўған ҳәм камалға келтирип атырған ата-аналары қызды кишкене
жас ўақтында «қонақ»тай етип еркелеткен, себеби ол ер жетип бир кҥн келип турмысқа
шығып кетеди деген исеним бар. Солай етип, қыздың жаслық категорияларына: 4-5 жасқа

Тәрбиялы адам категориясы тҥсинигине сол жәмийеттиң қағыйдарлары, социаллық нормаларына туӯры

келетуғын шахстың минез-қулқы тҥсиниледи. Басқаша сӛз бенен айтқанда «ақылы» адам категориясына
туўры келеди.


background image

75

шекем «нәресте», 11-16 жасқа шекем балағатқа жеткен қыз (жас ӛспирим), 18 жастан
кейин бой жеткен қыз, қыз турмысқа шыққаннан соң биринши балалары пайда боламан
дегенше келиншек, кӛп балалы болғаннан кейин қатын ямаса ҳаял деген категориялық
терминлер ислетилген (Бекмуратова, 1970. 46 б.).

Қызды 5 жастан баслап қатал қағыйдарлар менен тәрбиялаў зәрҥр болған, себеби

оның «жыйнақлығы» ертеңги кҥнинде турмысқа шығыўына тәсир еткен, буннан тысқары,
қыздың тәрбиялығы ата-анасының «репутациясына»да тәсир еткен. Сонлықтан, қызларда
этикет нормаларын қәлиплестириӯде олардың ӛмир цикллары (туӯылыӯ, ер жетиӯ,
айттырыӯ, турмысқа узатыў) ҳәм кҥнделикли жағдайларда соционорматив ҳәм тәрбия
функциялары менен әмелге асқан (Утебаев, 2020. 133 б.).

Жас әўладтың дәстҥрге сай тәрбияланыўында ата-анасынан тысқары белгиленген

адамларда жуўапкер болған. Қарақалпақларда 8-9 жасар қызлардың тәрбиясы "киндик
шеше" сине жҥклетилген, 9-14 жастағы "кабийра" ӛспиримлердиң тәрбиясына ата-анасы
ҳәм киндик шешеси менен бирге қыз жеңгеси жуўапкер, 15-16 жастан турмысқа шығаман
дегенше, қыздың жәмийетлик нормаларды ҥйрениўи толық қыз жеңгесиниң мойнына
жҥклетилген (Есбергенова, 1999.72 б.).

Қызлардың тәрбиясына қарақалпақларда белгили болған ата-бабалар «

Қырқ үйден

тыйыў, бир уйден жыйыў

» деген сӛз бар, оның тийкарғы мәниси қыз бир ҥйде кәмилге

келсе де, оның тәрбиясына ҳәм жҥрис-турысын 40 ҥй қарап турады. М. Утебаев
информаторлардың сӛзлерин келтирип, былай дейди: «мен қызларымды ер жасқа
шығаман дегенше отырыспаққа жибермедим, оларды кӛз астымда бақтым, жумысқа,
жуўапкершиликке ҥйреттим, нәтийжеде жаман емес ҳәммеси ҥйли-жайлы ҳәм бала-
шағалы болып кетти» (Утебаев, 2020.133 б.).

Соны итибарға алыўымыз лазым, дәстҥр бойынша қызларды 7-8 жастан баслап ҥй

жумысларына, 9 жастан баслап ӛзинен киши болған балаларға қараўға ҥйретиў керек. Ол
кҥнине бир мәрте ҥй жумысларын ислеп, ата-анасына жәрдем берип, аўқатын асып, жас
ҥлкенлерге кӛшеде сәлем берип жҥриў керек (Есбергенова, 1999. 65 б.).

Қызларды жасы ҥлкенлерди сыйлаўға, жолда еркеклердиң алдынан кесип ӛтпеӯге

шақырған. Ҥлкенлерге ҳәм еркеклерге мҥнәсебет «

сыйласық, хүрмет

,

иззет»

анықланған

(Кульсариева, 2001. 23 б.).

Информаторлардың айтыўына қарағанда «қызларды кишкене ўактында тӛрге

шығарып отырғызған, себеби ол қонақ ҳам егер тӛрде отырса жақсы шаңараққа турмысқа
келин болып тҥседи деп исенген. Келинликке таярлаў дәстҥрханның дӛгерегинде
басланады, жас ӛспирим қыз аўқат писириўге жәрдем берип, ҥйдегилерге кӛрпеше
салыўда, чай қуйыўда ҳам есикке жақын отырып отырғанларға хызмет етеди. Ол отырған
аяғын жыйнап отырыў керек болған, аяғын хәмме ўақыт жасырып штан-кӛйлек кийген
ҳәм жалаң аяқ жҥриўге болмаған. Дәстҥрхан әтирапында

таянбай

отырған. Қонақ я жасы

ҥлкенлерге ләген менен қуман алып келип қолдан суў алған. Бул мәресимниңде
тәртиплери бар – еки қоллап қуманды услап қуйыў, шашыратпай суўды ҥзип қуйыў,
пәтияға турып «әўмийн» еткен ҳәм т.б.» (Утебаев, 2020. 82 б.).

Жәмийетте әсиресе қыз-баланың тәрбиясына ҥлкен итибар берген, оның жҥрисине

қарап ата-анасының тәрбиясына баҳа берген. Сол себептен ҳалықта «

қус уяда кӛргенин

қылады

» деген сӛз бар ҳәм де «

анасына қарап қызын ал

» дегенде ҳалық даналығы бар.

Егер қыз бала ямаса ер жеткен қыз «адамның бетинен алып урысса» оны «бети ашылып
кеткен» деп айтады (Утебаев, 2020.137-138 б.).


background image

76

Және бир ҳалықтың ертеде кең тарқалған дәстҥрлердиң бири «жеңге-бийкеш»

қарым қатнасықлары болып есапланады. Сол ҥйдиң келинине кҥйеўиниң қарындасларына
жеңге болса, қарындаслары келинге бийкеш болып келеди. Алдынлары қыз бала
отырыспақларға жеңгеси менен барған. Жеңгеси ер жеткен қызға – бийкешине жигит
таңлаўда жәрдем берген. Ол сол бийкеши менен отырыспақларға барып «айтысларда»
қатнасқан. Егер бир жигит қызға унаса ямаса жигит қызды унатса жеңгелер жигиттен
«қәде» алған. Бул қәделерди саўға деп қарасақ алжаспаймыз. Егер оларда ҳәммеси
келисип кетип той берсе. Келиншекти алып кетиўге келген «жигит» жеңгеге кӛплеген ҳәр-
тҥрли қәделерди тӛлеўге мәжбҥр болған.

Улыўма айтқанда жеңге қызға қатты жақын болған, бийкеш оған ӛзиниң сырларын

айтқан, себеби ол жасы ҥлкенлерге ҳәм ата-анасына айтыўға дәстҥрге кӛре қысынған ҳәм
қорыққан. Сол себепли «жеңге-бийкеш» бири-бирине дос болған. Жеңгеси бийкешти
келинликке таярлаўда актив қатнасқан, ол оған жаслайынан баслап уйге қараўды, еркекти
сыйлаўды ҳәм улыўма турмысқа керек болған ҳәмме кӛнликпелерди ҥйреткен.
Алдынлары қыздың айталмаған сӛзлерин ата-анасына жеңгеси, яғный олардың келини
жеткерген (Бекмуратова, 1970).

Солай етип биз кыз-баланың келинликке таярлаўдың ең тийкарғы минез-қулық

тәрбиялаўшы дәстҥрлерди жазыўға ҳәрекет еттик. Бирақ бул мақалада келинликке
таярланыўдағы кӛплеген басқа - ӛнерге ҥйрениўге ҳәм кийим кийиўге қаратылған
мәселелерди қозғамадық, себеби ол мәселеде және бир изертлеўлерди талап етеди.
Улыўма айтқанда, қыз баланы тәрбиялаўда, онда келинлик шахс қәсийетлерин
қәлиплестириўде ата-бабалардан киятырған ҥрп-әдетлер, фольклор ҳәм дәстҥрлерди
ҥйрениў ҳалқымыздың бийбаҳа қәдириятларын ашыўда жәрдем береди.

Пайдаланылған әдебиятлар:

Бекмуратова А.Т. Быт и семья каракалпаков в прошлом и настоящем. Нукус, 1970.
Бекмуратова А.Т. Терминология родства у каракалпаков // Семья и семейные

обряды у народов Средней Азии и Казахстана. Москва, 1978. 27-40 бетлер.

Есбергенов Х., Атамуратов Т. Традиции и их преобразование в городском быту у

каракалпаков. Нукус, 1975.

Есбергенова Т.Х. Традиционное трудовое воспитание детей (конец - XIX начало

XX вв.) // Диссер… к. и. н. Нукус, 1999.

Камалова Р. С. Традиционные верования в семейно-бытовой обрядности

каракалпаков (XIX-начало XX вв.) //Диссер…к. и. н. Нукус, 1996.

Курбанова З.И. Семейная обрядность каракалпаков: обычай

бес кийим

в динамике

трансформаций традиционной культуры // Археология, этнография и антропология
Евразии. Новосибирск. 2020. Том.48. № 3. 124-133 бетлер.

Кульсариева С.П. Этнография детства и социализация подростков у казахов в

1950-1980-е гг. (на материалах Кызылординской и Алматинской областей) //
Автореф...к.и.н. Алматы, 2001. 23 б.

Утебаев М. Традиционное и новое в этикете каракалпаков (этнографический

анализ) // дис. на соис. док. Философии (PhD). Ташкент. 2020.

Шалекенов У.К. Социалистическое преобразование быта каракалпаков

колхозного крестьянства (на материале Чимбайского района ККАССР) // Диссер., к.и.н.
М., 1953.


background image

130

МАЗМУНЫ

I. Х. ЕСБЕРГЕНОВТЫҢ ӚМИРИ ҲӘМ ИЛИМИЙ ИСКЕРЛИГИ ҲАҚҚЫНДА ................. 3

Х. ЕСБЕРГЕНОВТЫҢ ӚМИРИ ҲӘМ ИЛИМИЙ ИСКЕРЛИГИ ......................................... 3

Х. ЕСБЕРГЕНОВТЫҢ ТИЙКАРҒЫ ИЛИМИЙ МИЙНЕТЛЕРИ ........................................ 4

Ж. Айтмуратов -

МИЛЛЕТ ЗИЯЛЫЛАРЫН АРДАҚЛАҒАН АЛЫМ ............................ 12

М.М. Давлетияров -

Х.ЕСБЕРГЕНОВТЫҢ МИЙНЕТЛЕРИНДЕ

ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДЫҢ ЭТНОГЕНЕЗИ ҲӘМ ЭТНИКАЛЫҚ ТАРИЙХЫ
МӘСЕЛЕСИНИҢ ҤЙРЕНИЛИЎИ ....................................................................................... 14

А.Р. Қудияров -

ҚАЛА ТАРИЙХЫН ИЗЕРТЛЕЎШИ ......................................................... 17

З.И. Курбанова -

ИСПОЛЬЗОВАНИЕ ФОЛЬКЛОРНЫХ МАТЕРИАЛОВ

В ТРУДАХ Х. ЕСБЕРГЕНОВА ............................................................................................. 21

С.У.Нуржанов -

КЛАССИФИКАЦИЯ ИСТОЧНИКОВ ИСТОРИЧЕСКОГО

КРАЕВЕДЕНИЯ (НА ОСНОВЕ «ҚОӉЫРАТ ТАРИЙХЫЙ ҲӘМ МӘДЕНИЙ
ЕСТЕЛИКЛЕРИ» Х.ЕСБЕРГЕНОВА) .................................................................................. 23

Н.А. Тлеубергенова -

ВОПРОСЫ МАТЕРИАЛЬНОЙ КУЛЬТУРЫ КАРАКАЛПАКОВ

В ТРУДАХ Х. ЕСБЕРГЕНОВА ........................................................................................... 26

II. ЭТНОГРАФИЯ, ЭТНОЛОГИЯ, АНТРОПОЛОГИЯ МӘСЕЛЕЛЕРИ .............................. 29

М.А. Абдуллаев -

МУСТАҚИЛЛИК ЙИЛЛАРИДА ҚОРАҚАЛПОҚЛАР

ЭТНОЛОГИЯСИ ТАДҚИҚИ ................................................................................................. 29

У.К. Абсетерова -

ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛҚЫНЫҢ СУЎСЫЗЛЫҚ ЖЫЛЛАРЫНДА

ҚОЛЛАНҒАН ҤРП-ӘДЕТЛЕРИ ........................................................................................... 32

Г.А. Акимниязова -

КАРАКАЛПАКСКИЕ БАЗАРЫ НАЧАЛА XX ВЕКА КАК

КУЛЬТУРНО-РАЗВЛЕКАТЕЛЬНЫЕ ЦЕНТРЫ ................................................................. 34

А.Е. Бижанова, А.Ж. Дауесова -

СЕМАНТИКА ПОМИНАЛЬНЫХ ДАТ В

ТРАДИЦИОННОЙ КУЛЬТУРЕ КАЗАХОВ ........................................................................ 37

T.R. Jabbarbergenov -

XX ÁSIR JERGLIKLI IZERTLEWSHILERDIŃ

MIYNETLERINDE QARAQALPAQ JASLARÍNÍŃ BOS WAQÍTÍ .................................... 40

G. Joldasbaeva -

KELIN TAŃLAW HÁM OL MENEN BAYLANÍSLÍ DÁSTÚRLER ...... 42

Р.А. Исметов -

МУҚАДДЕС ОРЫНЛАРҒА ҚОЙЫЛҒАН АЙЫРЫМ АТАМАЛАР

ТАРИЙХЫ ............................................................................................................................... 45

Р.С. Камалова -

СОВРЕМЕННАЯ ТРАДИЦИОННАЯ ОБРЯДНОСТЬ: ПРАКТИКА,

ФАКТОРЫ И ТЕНДЕНЦИИ (НА ОСНОВЕ СВАДЕБНОЙ ОБРЯДНОСТИ) ................. 48

З.И. Курбанова -

КУЛЬТУРА ПИТАНИЯ КАРАКАЛПАКОВ ПОД ВОЗДЕЙСТВИЕМ

ГЛОБАЛИЗАЦИОННЫХ ПРОЦЕССОВ ............................................................................. 51

Д.А. Кудайбергенова -

ЗЕРГЕРЛИК БУЙЫМЛАРЫНДАҒЫ НАҒЫС МОТИВЛЕРИ ... 54

И.М. Нурмухамедова -

ПЕРВАЯ РУБАШКА МЛАДЕНЦА «

ИЙТ КӚЙЛЕК

»

У КАРАКАЛПАКОВ .............................................................................................................. 56

Ә. Қ. Пахратдинов -

КИНДИК ШЕШЕ МЕНЕН БАЙЛАНЫСЛЫ ДӘСТҤРЛЕР .......... 60

А. Пирназарова -

И.В. САВИЦКИЙ АТЫНДАҒЫ МУЗЕЙ ЭКСПОНАТЛАРЫНЫҢ

ЖЫЙНАЛЫЎ ТАРИЙХЫНАН ............................................................................................. 63

З. Раҳмоналиев -

ЯНГИ ТАРАҚҚИЁТ БОСҚИЧИДА ЭТНОС ВА МИЛЛАТ

ТУШУНЧАЛАРИ .................................................................................................................... 66


background image

131

А.Т.Сайтов -

ПРИМЕТЫ И СУЕВЕРИЯ У КАРАКАЛПАКОВ, CВЯЗАННЫЕ

С РЫБОЛОВСТВОМ .............................................................................................................. 69

О.С. Сейтмуратов -

ПАСТУШЕСКОЕ РЕМЕСЛО У КАРАКАЛПАКОВ ..................... 71

С. Ш.Таджетова -

ҚАРАҚАЛПАҚЛАР ТУРМЫСЫНДА «КЕЛИН» СТАТУСЫ

ҚӘЛИПЛЕСИЎИНДЕ ҚЫЗ-БАЛА ТӘРБИЯСЫ ................................................................ 74

К.Ж. Турекеев -

ОБЫЧАИ И ОБРЯДЫ КАРАКАЛПАКОВ САМАРКАНДСКОЙ

ОБЛАСТИ, СВЯЗАННЫЕ С РОЖДЕНИЕМ РЕБЁНКА (НА МАТЕРИАЛЕ
БУЛУНГУРСКОГО И ДЖАМБАЙСКОГО РАЙОНОВ) ................................................... 77

М.Б. Утебаев -

ПЕРСПЕКТИВЫ КРОСС-КУЛЬТУРНЫХ ИССЛЕДОВАНИЙ

В КАРАКАЛПАКСТАНЕ ...................................................................................................... 81

М.И. Ходжанов -

ҚОРАҚАЛПОҒИСТОН ЎЗБЕКЛАРИНИНГ СОВЧИЛИК

УРФ-ОДАТЛАРИ ................................................................................................................... 84

Г.М. Хожаниязова -

ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДА ӚЗ-АРА ЖӘРДЕМ ДӘСТҤРИНДЕ

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ ТУТҚАН ОРНЫ ............................................................................... 87

G. Sharjaubayeva -

QARAQALPAQSTANLÍ KOREYSLERDIŃ AYÍRÍM

SHAŃARAQLÍQ MÁRESIMLERI ......................................................................................... 89

М.Ж.Эгамберганова -

ЭТНИК ИДЕНТИКЛИК ТУШУНЧАСИНИНГ ЭТНОЛОГИЯ

ФАНИДАГИ АҲАМИЯТИ .................................................................................................... 91

Б.Ж. Юсупова -

ҚАРАҚАЛПАҚ ҚОЛ ӚНЕРИ: АҒАШҚА НАҒЫС ОЙЫӮ МӘСЕЛЕСИ

МУЗЕЙТАНЫӮ ҲӘМ ЭТНО-АҒАРТЫӮШЫЛЫҚ НӘЗЕРИНДЕ ................................... 94

III. ЭТНОГРАФИЯ ҲӘМ ГУМАНИТАР ИЛИМЛЕРДИҢ ИНТЕГРАЦИЯЛАСЫЎЫ
МӘСЕЛЕЛЕРИ ............................................................................................................................ 97

А.Т. Бекбаулиев -

НЕКОТОРЫЕ ИТОГИ ИЗУЧЕНИЯ КУВШИНОВ С ГОРОДИЩА

КУРГАНЧА (КОБЛАНДЫ-КАЛА) ....................................................................................... 97

З.У. Бекбергенова -

Ә.ӘЖИНИЯЗОВ ПОЭЗИЯСЫНДА ТОПОНИМЛЕРДИҢ

ТУТҚАН ОРНЫ ҲӘМ КӚРКЕМЛИК ХЫЗМЕТИ ........................................................... 101

A.Ó. Gúlimbetov -

XIX ÁSIR EKINSHI YARÍMÍ XX ÁSIR BASLARÍNDA QUBLA ARAL

BOYÍ SAWDA HÁM EKONOMIKASÍNÍŃ TARIYXTANÍWSHÍLÍǴÍ MÁSELESI ........ 104

О.Т.Доспанов -

АРХЕОЛОГИЯ, ЭТНОГРАФИЯ МАТЕРИАЛЛАРЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДЫҢ ГЕЙПАРА САЛТ-ДӘСТҤРЛЕРИН САЛЫСТЫРЫЎ
МӘСЕЛЕЛЕРИ ...................................................................................................................... 106

Т. Қ. Жәримбетова -

ҚАРАҚАҚАЛПАҚ ӘДЕБИЯТЫНДА КӚРКЕМ-ҲҤЖЖЕТЛИ

ШЫҒАРМАЛАРДА ЭТНОГРАФИЯЛЫҚ СҤЎРЕТЛЕЎЛЕР ......................................... 110

М.И. Ниязова -

К ВОПРОСАМ ЭТНОАРХЕОЛОГИИ / МАСТЕРСКИЕ ЮВЕЛИРОВ

ПОЗДНЕСРЕДНЕВЕКОВОЙ БУХАРЫ ............................................................................. 113

П.Ж.Ӛтениязов -

ХАЛЫҚ ЕРТЕКЛЕРИНИҢ ПАЙДА БОЛЫЎ ДЕРЕКЛЕРИ ............ 115

К.С. Палымбетов, О.Ж. Юсупов -

ҚАРАҚАЛПАҚ ЭТНО-ДӘСТАНЛАРЫ: ӘМИР

ТЕМУР ТАРИЙХЫЙ ТУЛҒА ҲӘМ ФОЛЬКЛОРЛЫҚ ОБРАЗ ...................................... 119

Г.У. Сейдаметова -

ГОРОДСКАЯ СЕМЬЯ И ОСОБЕННОСТИ БРАКОСОЧЕТАНИЯ В

КАРАКАЛПАКСТАНЕ В 1960-1980 ГОДЫ ..................................................................... 122

С. Ә. Сулайманов -

ҚУБЛА АРАЛ БОЙЫ ДӘСТҤРИЙ ҚАТНАС ЖОЛЛАРЫНДА СУЎ

ЖОЛЛАРЫНЫҢ ТУТҚАН ОРНЫ ..................................................................................... 125

B.U.Temirxanov -

GÁREZSIZLIK JÍLLARÍNDA QARAQALPAQ DIYQANSHÍLÍQ

ILIMIY-IZERTLEW INSTITUTÍ ILIMIY JOYBARLARÍ ESABATÍNAN ........................ 127


background image

132

Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы

Қарақалпақстан бөлими

Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты

ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА ЭТНОГРАФИЯЛЫҚ ИЗЕРТЛЕЎЛЕР:

ТАРИЙХ ҲӘМ ЗАМАНАГӨЙЛИК

Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери,

тарийх илими кандидаты Хожахмет Есбергеновтың 90-жыллығына

бағышланған илимий-əмелий конференция

МАТЕРИАЛЛАРЫ

Редактор:

А.И. Алниязов

Верстка:

В. Султангулова

Basıwǵa ruqsat berilgen waqtı 05.05.2023 j. Format – 60/84

.

“Times” garniturası. Ofset usılında basıldı. Kólemi 8,25 b.t.

Nusqası 100 dana. Buyırtpa №14-22/K

«Miraziz Nukus» JShJ baspaxanasında basıldı

Ózbekstan Respublikası baspa sóz hám xabar agentliginiń

2018-jıl 16-maydaǵı № 11–3059 licenziyası.

Bibliografik manbalar

Бекмуратова А.Т. Быт и семья каракалпаков в прошлом и настоящем. Нукус, 1970.

Бекмуратова А.Т. Терминология родства у каракалпаков И Семья и семейные обряды у народов Средней Азии и Казахстана. Москва, 1978. 27-40 бстлср.

Есбергенов X., Атамуратов Т. Традиции и их преобразование в городском быту у каракалпаков. Нукус, 1975.

Есбергенова Т.Х. Традиционное трудовое воспитание детей (конец - XIX начало XX вв.)//Диссер... к. и. н. Нукус, 1999.

Камалова Р. С. Традиционные верования в семейно-бытовой обрядности каракалпаков (XIX-начало XX вв.) //Диссер...к. и. н. Нукус, 1996.

Курбанова З.И. Семейная обрядность каракалпаков: обычай бес кийим в динамике трансформаций традиционной культуры // Археология, этнография и антропология Евразии. Новосибирск. 2020. Том.48. № 3. 124-133 бстлср.

Кульсариева С.П. Этнография детства и социализация подростков у казахов в 1950-1980-е гг. (на материалах Кызылординской и Алматинской областей) // Автореф...к.и.н. Алматы, 2001. 23 б.

Утебаев М. Традиционное и новое в этикете каракалпаков (этнографический анализ) // дис. на соис. док. Философии (PhD). Ташкент. 2020.

Шалекенов У.К. Социалистическое преобразование быта каракалпаков колхозного крестьянства (на материале Чимбайского района ККАССР) // Диссер., к.и.н. М„ 1953.